текст: Ана тилим сен басқадан айырмам Сен турғанда мен әдеуир шайырман Сонша қатал сургинлерден жоғалмай Бул кунлерге жеткениңе қайылман Тилге итибар елге итибар Тилди аманат еткен бабалар Айтсам тек ашуыңды келтирер өз Ана тилин умытқанлар табылар Қарақалпақша сөйлеу уят болса ал биз боламыз уятсыз Бизге музыканы уйретпең нотаны тусинбейтин музыкантбыз Мейли хит болмасын бул нама Теңеймен тилимди тек жаныма Сап тап-таза тилинде сөйле Өз елиңде Қарақалпақша сөйле Бизлерге дос хәр бир миллет Басқа тилдиң бәрине хурмет Ауызбиршиликпен адамгершилик Байлығымыз тил және урп әдет Ана тилим сен басқадан айырмам Сен турғанда мен әдеуир шайырман Сонша қатал сургинлерден жоғалмай Бул кунлерге жеткениңе қайылман Жырау сени бәйги атындай баплаған Шешенлер дауда шыңтлап сени таплаған Алпамыслар ураң етип урыста Бердақ сени қурал етип саплаған Бәйтерексең өскен гөне тамырдан Дилуарлығың қыл суырған қамырдан Қарақалпақтың кеуил қусы сайраса Сөз қыйсыны ғәзийңнен табылған Ана тилим аманатым Жоғалмасын мәденият Ана тилим аманатым Жоғалмасын әдебият
@AytbayQazaqbaev26 күн бұрын
Ана тилим ана уатаним вул Каракалпакстан❤
@allayardosnazarov887015 күн бұрын
КАРАКАЛПАКСТАН ЕЛЫМ ТЕК АЛГА💪💪💪💪💪✊✊✊✊👍👍👍👍🔥🔥🔥🔥🔥
@Qrguli.karakenkizi55228 күн бұрын
Зор братан жумисина табислар тилийм❤❤🎉🎉🎉
@user-zm3zk8hz8z28 күн бұрын
Рахмет коп коп
@user-jv4sq7sm5e16 күн бұрын
Zor bari qatarinda shinliq jazilgan❤❤❤❤❤❤ Qaraqalpaq sila❤❤
@the_sheyx28 күн бұрын
Тек алға
@I.SHamshetov28 күн бұрын
Шексиз алг'ыслар саған бротишка.🎉🎉🎉🎉🎉
@QIRDAGI_BALIQSHI28 күн бұрын
ANA-TILIM 🔥 TRACK мировой рейтинг болыпты AKON (QR) 🤝✊