ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ БАЙРАМ-ТОЙЫ БАР (Үш-төрт күнликте белгили қосықшылар Елиўбай Қайыпов ҳәм Муҳаббат Нуржановалар улын үйлендирип той берди. Тойлары тойларға уласа берсин! 2016-жылы оларға арнап бир ҳәзил қосық жазған екенмен. Сол қосықты Сизлердиң де нәзериңизге усыныўды мақул көрдим.) ******************************** Дуйым журтты берман қаратқан. Кеўиллерге ләззет таратқан. Қосық айтып сыйқыр жаратқан. Халқымыздың байрам тойы бар. Майлы жаптан бир талант шығып. Муҳаббат бас ийди жығылып. Ерли-зайып бир-бирин уғып. Жулдызлардың сайма-сайы бар. Қосық десе халқым ашықты. Жүрегинен орын ашыпты. Сырлы сахна нурын шашыпты. Сын-сымбат ҳәмде шырайы бар. Хожалыққа меҳир енгизген. Бул күнлерге шүкир дегизген. Перзентлери егиз-егизден. Күндиз қуяш, ақшам айы бар. Ғайратың бар, буўыңлар белди. Екеўиңиз бир болып енди. Дуэт айтар ўақыт та келди. Шайырда сөздиң қолайы бар. Мәртебеңиз бәлент бул елде. Қайда барсаң орныңыз төрде. Жийдели-Байсын деген жерде. Берекетли хан сарайы бар. Нағыз ерсең Елиўбай ағам. Тилегим сол, бос болғай жағаң. Несип еткен бир қостар саған. Шын Муҳаббат деген жайы бар. Қәлбиңизде гирбиң көрмедим. Татыўлық бар, соны серледим. Басқаларда қанша билмедим. Муҳаббаттың Елиўбайы бар. Байжан УЗАҚОВ, 30-март, 2016-жыл, Нөкис қаласы. @bayjan_uzaqov Каналға ағза болың. Канал ҳаққында жақынларыңыз бенен бөлисиң. @bayjan_uzaqov
@мухаббатнуржанова-т7э Жыл бұрын
Хай сау бол рахмет✊❤
@saramambetova32243 жыл бұрын
Жузикке кас койгандайау екеуи коз тиймегей хар тареплеме улгили минез кулклары адиули семья екенлиги бари бари